2025-жыл 7-май күни Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде билим бериў мәкемелери оқытыўшылары арасында “Саламат денеде – сапалы билим” сүрени астында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПФ-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» 67-мақсетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, дене тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланатуғын пуқаралардың санын асырыў, билим бериў шөлкемлери хызметкерлерин спорт илажларына кең қамтыў, олар арасында жарыслар шөлкемлестириў, спорт инфраструктурасын жақсылаў ҳәм зәрүр спорт инвентарлары менен тәмийинлеў, хызметкерлердиң физикалық белсендилик дәрежесин асырыў, билим бериў шөлкемлериндеги спорт секциялары ҳәм дөгереклар жумысларын раўажландырыўға көмеклесиў, оқытыўшылардың бос ўақытларында спорт пенен шуғылланыўлары ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәмде Өзбекстан жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармас тәрепинен тастыйықланған қоспа қарарға тийкар “Саламат денеде – сапалы билим” сүрени астында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы Нөкис қаласы 1- ҳәм 2-санлы спорт мектеплери, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәмде Жаслар орайында болып өтти.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги, Өзбекстан жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармалары ўәкиллери ҳәмде тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилери ҳәмде тийисли министрликлер ўәкиллери қатнасты. Жарыста өткен басқышларда жеңимпаз болған 17 командаларда 493 оқытыўшы устазларымыз спорттың ғалабалық түрлери мини-футбол, шахмат, шашка, стол тенниси ҳәмде волейбол түрлери бойынша өз-ара күш сынасты. Бул жарыслардың өткен басқышларында 17 мың 18 ден артық билим бериў мәкемелериниң хызметкерлери қатнасты.
Күн даўамында спорт жарыслары қызғын өтип ҳәм тәжирийбели төрешилер тәрепинен ҳәр бир спорт түринен жеңимпазлар ҳәм улыўма командалық есапта утып шыққан жеңимпазларды анықлады.
“Саламат денеде – сапалы билим” сүрени астында “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышында командалық есапта 3-орынды Әмиўдәрья районлық командасы, 2-орынды Тақыятас районлық командасы, 1-орынды Нөкис қалалық командасы жеңимпаз деп табылды.
Улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеп жеңимпаз болған Нөкис қалалық командасына “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” ҳәмде 30 миллион сум пул сыйлығы тапсырылды.
Сондай-ақ, жеңимпаз болған командаларға ҳәмде түрли номинация ийелерине Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм саўғалар саўғалары тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: