Мүнәсип мийнет шәраяты жолында

Өзбекстан кǝсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси Өзине белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша усы жылы бир қатар жумысларды әмелге асырды.

Атап айтқанда, ислеўши хызметкерлердиӊ ҳуқықларын қорғаў, олар ушын саламат турмыс тәризин жаратыў, мәжбүрий мийнеттиӊ алдын алыў, сондай-ақ, мәдений ҳәм руҳый дем алыўларын шөлкемлестириўде көмеклесиў сыяқлы ўазыйпалар усылар қатарына киреди. Қалаберсе, социаллық шерикликликти кеӊейттириў бойынша  “Суенли” ирригация тармағы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық басқармасы, Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы, “Қарақалпақ суў тәмийнаты” акционерлик жәмийети, “Қоӊырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы, Мойнақ районы ҳәкимлиги, Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Мойнақ районлық кеӊеси, Ирригация бөлими, район абаданластырыў басқармасы, Елликқала районы 18-санлы көркем-өнер ҳәм музыка мектеби кәсиплик аўқамы комитетлериниӊ 2024-жумыслары үйренилип анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша әмелий жәрдемлер берилди.

Буннан тысқары Жәмәәтлик шәртнамалардың орынланыўына байланыслы 2-ЖШ формасы бойынша есабатлары жыйналып, улыўмаластырып Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясына тапсырылды.

Кәрхана ҳәм шөлкемлерде жәмәәтлик шәртнамаларды орынлаў бойынша унамлы көрсеткишлерге ерисилди. 2023-жыл жуўмағы бойынша 6603 юридикалық тәреплерде 6603 жәмәәтлик шәртнамалар қабыл етип, юридикалық тәреплердиң жәмәәтлик-шәртнамалық мүнәсибетлер менен қамтылыўы 100 пайызды қурап, олар арқалы 229424 ислеўши хызметкерлер белгиленген жеӊилликлер ҳәм кепилликлерден пайдаланған. Соннан Агросанаат комплекси кәсиплик аўқамы хызметиндеги 4343 юридикалық тәреплерде ислеўши 49494,  транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы тараўындағы 98 юридикалық тәреплерде ислеўши 9876, исбилерменлик, бизнес ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы 337 юридикалық тәреплерде ислеўши 16166, ден саўлықты сақлаў тараўындағы 292 юридикалық  тәреплерде ислеўши  38364, мәмлекетлик мәкемелер тараўындағы 152 юридикалық тәреплерде ислеўши 17554, мәденият, спорт ҳәм туризм тараўында 100 юридикалық тәреплерде ислеўши 7796, энергетка, нефт-газ ҳәм геология тараўында 7 юрдикалық тәреплерде ислеўши 6905, химия санааты тараўында 2 юридикалық тәреплерде ислеўши 1925, Ахборот технологиялары ҳәм ғалабалық коммуникация тараўында 6 юридикалық тәреплерде ислеўши 1714 хызметкерлер жәмәәтлик шәртнамаларда белгиленген жеӊилликлер ҳәм кепилликлерден пайдаланған.

Жәмәәтлик шәртнамалар арқалы 2023-жылы ҳәр бир ислеўшиге орташа сарпланған қаржы муғдары 5324,6 мың сумды қурады.

Қабыл етилген жәмәәтлик шәртнамаларға хызметкерлерге мийнет ҳақы төлеў, үстемелер, қосымша төлемлер ҳәм компенсациялар орнатыў тәртибин белгилеў менен байланыслы анық нормалар киритилди. Буннан тысқары, бул ҳүжжетте мийнет қәўипсизлиги дәрежесин асырыў, жумыс орынларындағы санитария-гигиена жағдайларын және де жақсылаў, хызметкерлерди жеке қорғаныў буйымлар ҳәмде санитария-гигиена ханалары менен тәмийинлеў, жумыс орынлары аттестациясын өткериў, мийнетти қорғаў қағыйдалары бойынша оқытыў мәселелерине айрықша итибар қаратылған. Жумыс ҳәм дем алыў ўақытларын тәртипке салыў бойынша көплеген кәрхана ҳәм шөлкемлерде тийкарғы узайтырылған ҳәм қосымша дем алыслар бериў системасы жолға қойылған.

Социаллық қорғаўға мүтәж кем тәмийинленген шаңараклар, майыплар, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды материаллық тәрептен қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Атқарыў комитетиниң 2024-жыл 04-март күнги 12-18 «с» санлы қарары менен тастыйықланған “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” бағдарламасы тийкарында 11 айы даўамында 10417 шахсларга жәми 4 млрд. 181 млн. 581 мың 800 сўмлық материаллық жәрдемлер ҳәм қоллап-қуўатлаў жумыслары алып барылды.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы атқарыў комитетиниӊ 2024-жыл 5-август күнги “Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары Кеӊеси басламасы менен өткерилип атырған “Еӊ жақсы социаллық шерик” таӊлаўын өткериў ҳаққында”ғы 12-119 “с” санлы қарарын басшышыққа алып усы жылдын 20-август сәнесинеде Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары Кеӊеси басламасы менен өткерилип атырған “Еӊ жақсы социаллық шерик” таӊлаўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық басқышы өткерилди ҳәмде комиссия шешими менен 1-орын Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасына, 2-орын Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасына ҳәмде 3-орын Хожели районы абаданластырыў басқармасына берилди.

Буннан тысқары мүрәжатларды көрип шығыў бойынша пуқаралардан жәми 64 мүрәжат келип түсти. Мүрәжәәтлерди көрип шығыў нәтийжеси бойынша 30 мүрәжәәт қанаатландырылды, 1 мүражат бойынша мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигине, 1 мүрәжат бойынша КР Бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў министрлигине шара көриў ушын жиберилди, 15 мүражатқа түсиндириўлер берилди, 8 мүрәжәәт бойынша ис бериўшисине усыныс киритилди, 1 мүрәжат үйрениў барысында қанаатландырылғанлығы себепли ҳәмде 1 мүрәжат мүрәжатшының арзасына тийкар көрместен қалдырылды ҳәм 2 мүрәжат бойынша судқа даўа арза киритилди ҳәмде 5 мүрәжат ҳәзирде ис жүритиўде. Үйрениўлер нәтийжесинде мүрәжат ийелерине жәми 702 млн. 461 мың 198 сўм ис ҳақылары ҳәмде мийнет дем алыслары пуллары төлетип берилди.

Мийнеткешлердиӊ социаллық-

экономикалық мәплерин қорғаў бөлими