МҮРӘЖАТЛАР АНАЛИЗИ

Бир мүрәжат артында бир инсан тəғдири болса, мүрəжатлар анализи тараўлардағы системалы мəселелерди анықлаў ҳəм оларды сапластырыў имканиятын береди. Сол көзқарастан Өзбекстан кəсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесине келип түсип атырған мүрәжатлар үзликсиз анализ етилип, нызам ҳүжжетлерине сәйкес түрде өз шешимин таппақта.

Кеңеске физикалық ҳəм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлар статистикасы анализине муўапық, усы жылдың 10 айы даўамында жəми 583 мүрәжат келип түскен. Соннан жазба мүрәжатлар 292, аўызша мүрәжатлар 236, электрон мүрәжатлар 19, “Исеним телефони” арқалы 36 ны қурайды.

Бул мүрәжатлардың 102 шағым, 480 арза, 1 усыныс формасында болып, олардың 219 ер адамлар тəрепинен, 273 ҳаял-қызлар тəрепинен, 74 юридикалық шахслардан, 17 топарлық мүрәжат  көринисинде берилген.

Кеңеске физикалық ҳəм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлар статистикасы анализине тийкар, усы жылдың 10 айы даўамында жəми 583 мүрәжат келип түскен. Соннан жазба мүрәжатлар 292, аўызша мүрәжатлар 236, електрон мүрәжатлар 19, “Исеним телефони” арқалы 36 ны қурайды.

Сондай-ақ, усы жылдың 10 айы даўамында пуқаралардың жибеген мүрәжатлар мазмуны бойынша : ҳуқықый қорғаў 378, социаллық-економикалық мəплерди қорғаў 108, мийнет қəўипсизлиги 12, кəсиплик аўқамы шөлкемлестириў-ҳуқықый искерлиги 30, саламатласдырыў 12, материаллық жəрдем ажыратыў 30, социаллық мийнет қатнасларына тийисли басқа мəселелер 3, кəсиплик аўқамлары кепиллигине тийисли болмаған мəселе 10 мүрәжатты қурайды.

Мүрәжатларды тийисли мəнзилге барып үйрениў, мағлыўматлар топлаў, суд процесслеринде кəсиплик аўқамынан ўәкил сыпатында қатнасыў нəтийжесинде 191  мүрәжат қанаатлантырылды ҳəм 350и бойынша түсиник берилди.

Үйрениўлер нəтийжесинде Кеңес тəрепинен мийнет қатнасықларына тийисли қолланылған тəсир илажлары нəтийжесинде усы  жылдың 10 айы даўамында пуқаралардың мыйнет ҳақы ҳəм мийнет қатнаслары менен байланыслы төлемлер бойынша 138 шахстың ҳуқықы тикленип, олардың пайдасына жəми 2 905 036 301 сўм өндирилген, 138 дана шахстың ҳуқықы тикленген.

Инсанлардың жасаў тəризи ҳəм кейпияты тиккелей олардың бəнтлиги, мыйнет ҳақын ўақтында алыўы, бир сөз менен айтқанда, мийнет ҳуқықларының тəмийинлениўи менен байланыслы.

Пуқаралар мүрәжатларында көтерилген мəселелерди системалы шешиўге қаратылған ҳəрекетлер “Инсан қəдири ушын” принципине тийкарланған реформалардың даўамы болады.

 

Айжамал КАРАМАТДИНОВА

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси референти