“ЖАЎЫЗЛЫҚҚА ҚАРСЫ БИЛИМ”

Бүгин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде Мәрипат сааты өткерилди.

Онда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ўәкиллери, Қарақалпақстан Кеңеси аппарат хызметкерлери ҳәмде кәсиплик аўқам белсендилери қатнасты.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, Мийнет ветераны Б.Султанов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессоры Қ.Мамбетов ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы дин ислери басқармасы ўәкили Қ.Незаметов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ўәкиллери Н.Таджимуратов, З.Давлетов, Қарақалпақстан Мусулманлар қазыяты қазы орынбасары А.Жолаушиевлар сөзге шығып жәдидшилик ҳәрекети, данышпан бабаларымыз мийраслары сондай-ақ, диний кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық ҳәм өз ара мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, диний екстремизм, миссионерлик ҳәмде диний нықаплардың фанатизмниң түрли көринислерин жоқ қылыў ҳаққында айтып өтилди.