Мәмлекетимизде жаратылған күшли социаллық қорғаў нәтийжелери тийқарында ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын, имканияты шекленген шахсларды, әсиресе, өсип киятырған жас әўлатды қорғаў ҳәмде ертенги күнимиз ийелерине мәнзилли социаллық қорғаўын күшейтиў мақсетинде анық илажлар әмелге асырылмақта.
11-ноябрь – ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 2023-жыл 2-10 ноябрь күнлери аралығында «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» идеясын өзинде жәмлеген қайыр-сақаўат илажлары өткерилмекте.
Усы жылдың 8-ноябрь күни ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси хызметкерлери ҳәмде белсенделери Нөкис қаласында жайласқан «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болып, усы жерде тәрбияланып атырған балалар ҳалынан хабар алды.
Илажда Сенатор, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов қатнасып, усы орайда тәрбияланиўшылар ҳәмде онда ислеўши хызметкерлердиң ҳал-жағдайлары менен танысып олар менен сәўбетлести.
Орай 2019-жыл март айында шөлкемлестирилген болып бүгинги күнде 121 тәрбияланиўшыларға 10 топарда жумыс алып барылмақта.
Орайда ислеўши алдынғы қатардағы хызметкерлерге ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәмде тәрбияланиўшы балаларға бахалы саўғалар берилди.
Усындай илажлар ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы буўындағы барлық шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасының бәрше ўалаятларында өткерилмекте.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: