2023-жыл 3-ноябрь күни Нөкис қаласындағы “Жаслар орайы”нда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенат ағзасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамы Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы Жалменов Улыкбек Абылаевичтиң жаслар менен ашық сәўбетлесиўи болып өтти. Онда мәмлекетимиздеги жоқарғы оқыў орынларында оқып атырған студентлер ҳәмде кәрхәна ҳәм шөлкемлерде мийнет етип атырған жас қәнигелер ҳәм кәсиплик аўқамы белсендилери қатнасты.
11 ноябрь — Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни байрамы қарсаңында шөлкемлестирилген бул иләжде жасларға елимизде демократик принциплер, Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў барысында арттырылған тәжирийбе ҳәм жәмәәтшилик додалаўы нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясы, сондай-ақ пуқаралар, әсиресе, жаслардың ҳуқықый саўатханлығын ҳәм мәдениятын асырыў, социаллық белсендилигин асырыў барысында алып барылып атырылған жумыслар ҳаққында кеңирек мағлыўматлар берилди.
Иләжда усы жөнелистеги жумыслар менен бирге бүгинги күнде кәсиплик аўқамлары системасын жеделлестириў барысында әмелге асырылып атырылған жумыслар, бул арқалы мийнет кодекси, жәмәәтлик шәртнамалар ҳәм келисимлерге киритилген өзгерислер ҳәмде қосымшалар ҳаққындада сөзлер болды.
Иләж шеңберинде тәлим алыў менен бирге, жәмәәтшилик жумысларға мүнәсип үлес қосып киятырған, ҳәр тәреплеме үлгили ҳәмде қәбилетли, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақлардан болған ҳәм физикалык имканияты шекленген стиудентлер кәсиплик аўқамлары стипендиясы ҳәм санаторийға бийпул жолламалар менен хошаметленди.
Солар қатарында бир неше жас мийнеткешлерге қәсиплик аўқамлары кеңеси “Ҳүрмет жарлық”лары тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: