Жәмәәтлик шәртнама додалаўда

25-март күни «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрҳәнасы» АЖде 2020-2022 жыллар ушын дүзилген жәмәәтлик шәртнамасының 2021-жылда орынланыўы бойынша мийнет жәмәәти конференциясы болып өтти.

Конференцияда жәмиет бас директори Аллабай Сатбаевич Нурымбетов ҳәмда кәсиплик аўқамы комитети баслығы Стаценко Валерий Петрович «Жәмәәтлик шәртнамасының 2021-жылда орынланыўы ҳаққында»ғы есабатлары тыңланды.

Конференцияда ҳаял-қызлар комитети баслығы Саматова Адиля, Беккемлик ҳәм қәўипсизлик техника хызмети баслығы Холимбетов Шавкат сөзге шығып жәмийетте қабыл етилген жәмәәтлик шәртнамаларында белгиленген жеңилликлер ҳәм кепилликлерден максимал дәрежеде қолланып, хызметкерлер ҳәм олардың перзентлериниң дем алыўлары ҳәмде саўалландырыўда, сондай-ақ оларды ҳәр тәреплеме социаллық қоллап-қуўатлаўда барлық имканиятлардан пайдаланыўға ҳәрекет еткенликлерин билдирип, олар тәрепинен әмелге асырылған бирқатар жумыслары ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Конференцияда Өзбекстан энергетика, нефть-газ ҳәм геология хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Республика Кенеси баслығы орынбасары Тухтаев Саидмурод Саидмахмудович ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының жаслар мәселелери бойынша мәсләҳатшысы Алиев Нурлан Алиевичлер қатнасып, күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өз пикир усынысларын билдирди.