Шымбай районындағы ерлер ушын “Мириўбет үйи” кәсиплик аўқамлары итибарында

Мәмлекетимизде жаратылған күшли социаллық қорғаў нәтийжелери тийқарында ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын, имканияты шекленген шахсларды, әсиресе, басқалардың қараўына мүтәж жалғыз баслы кекселерди мәнзилли социаллық қорғаўын күшейтиў мақсетинде анық илажлар әмелге асырылмақта.

11-ноябрь – ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен 2022-жыл 2-15-ноябрь күнлери аралығында «Жаңа ϴзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» идеясын өзинде жәмлеген қайыр-сақаўат илажлары өткерилмекте.

Усы жылдың 5-ноябрь күни ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси хызметкерлери, белсенделери Шымбай районындағы ерлер ушын “Мириўбет үйи”ндеги жасаўшыларынан хабар алды.

Илажда ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров қатнасып, усы үйде жасаўшылар менен сәўбетлести ҳәм олардың ҳал-жағдайлары менен танысты.

Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен “Мириўбет үйи”не жәми 7 млн. 500 мың сумлық қәўендерлик жәрдемлер көрсетилди.

Усындай илажлар ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының буўындағы барлық шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасының бәрше ўалаятларында өткерилмекте.