Усы жыл 18-март күни ϴзбекстан кәсиплик аўкамлары Федерациясында «Жаңа Өзбекстанға қол-қанат боламыз!» атамасында өткерилген дөретиўшилик жумыслары таңлаўының Республикалық басқышы жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими өткерилди.
«Жаңа Өзбекстанға қол-қанат боламыз!» дөретиўшилик жумыслары таңлаўы усы жылдың 14-18-март күнлери Ташкент қаласында өткерилли. Бул таңлаўды ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, ϴзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Қорғаў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, ϴзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы шөлкемлестирди.
«Жаңа Өзбекстанға қол-қанат боламыз!» дөретиўшилик жумыслары таңлаўының республикалық басқышында, Таңлаў бағдарламасына тийкары, таңлаўдың республикалық басқышында ҳуқықын қолға киргизген Темурбеклер мекбтеби ҳәм «Жас шегарашы» әскерий-академиялық лицейлериниң 33 оқыўшысы қатнасты.
Баҳалаў нәтийжелерине көре, таңлаўдың Республикалық басқышында қатнасқан 1-2 курс оқыўшылар арасынан 1-, 2-, ҳәм 3-орын жеңимпазлары ҳәмде «Реформалар билимданы», «Мәртликке шақырыў», «Сиясий саўатлылығы ушын», «Тынышлық сүйиўши идея ушын», «Ең саўатлы шығарма», «Раўажланыў стратегиясының билимданы», «Белсене сиясий қараслары ушын», «Пидәкерликке шақырыў», «Айрықша жақынлаў» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.
Сыйлықлаў илажында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис депутатлары ҳәм Сенати ағзалары, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы басшылары, шайырлар ҳәм илимпазлар, сондай-ақ, аймақлық студиялардан онлайн байланыс системасы арқалы мәмлекетимиздеги Темурбеклар мектеплери ҳәм “Жас шегарашы” әскерий-академиялық лицейлери директорлары, олардың орынбасарлары ҳәмде танлаў қатнасыўшыларының устазлары ҳәмде ата-аналары қатнасты.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси студиясында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор У.А.Жалменов, Ишки ислер министрлиги Нөкис қалалық “Темурбеклер мектеби” әскерий-академиялық лицейи директоры, кәсиплик аўқамлары белсендилери, оқыўшылардың устазлары ҳәмде ата-аналары қатнасты.
Сыйлықлаў илажында таңлаўдың барлық қатнасыўшыларына Президент саўғасы сыпатында Ноутбуклар тапсырылды.
Сондай-ақ, Ишки ислер министрлиги Нөкис қалалық “Темурбеклар мектеби” әскерий-академиялық лицейи 1 курс оқыўшысы Адхам Кадировқа 3-дәрежели Диплом ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен 10 миллион сум пул менен сыйлықланды.
Соның менен бирге, 1-курс оқыўшылары арасында Ишки ислер министрлиги Нөкис қалалық “Темурбеклар мектеби” әскерий-академиялық лицейи оқыўшысы Сарафроз Рашидов «Реформалар билимданы» номинациясы, 2-курс оқыўшылары арасынан болса усы лицей оқыўшылары Ҳаётбек Нишонов «Ең саўатлы шығарма» номинациясы ҳәм Бобур Артиқбоев «Пидәкерликке шақырыў» номинациясында жеңимпаз деп табылды.
Номинация жеңимпазлары диплом ҳәм заманагөй смартфон телефонлары менен сыйлықланды.
Таңлаў жеңимпазларының устазлары да руўхый-материаллық жақтан ҳошаметленди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: