9 май — Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсабети менен Нөкис қаласындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде авган урысы қатнасыўшылары ҳәм де мектеп оқыўшылары арасында руўхый-ағартыў ушырасыўы Өзбекстан тәлим ҳәм пән хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшесии тәрепинен шөлкемлестирилди.
Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет — жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, тынышлықтың қәдирин аңлаў, соның менен бирге, журт парахатшылығы жолында хызмет еткен инсанларға ҳүрмет ҳәм иззет сезимлерин беккемлеўден ибарат болды.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар мектепте шөлкемлестирилген Екинши жәҳән урысы тарыйхы менен байланыслы музей менен танысты. Музейде урыс жылларына тийисли тарыйхый буйымлар, фотосүўретлер ҳәм ҳүжжетлер көрсетилди. Бул болса оқыўшыларда тарыйхқа болған қызығыўшылықты және де асырыўға хызмет етти.
Илажда авган урысы қатнасыўшылары өз турмыс жолы, хызмет дәўириндеги еслеўлер ҳәм де тынышлықтың әҳмийети ҳаққында сөйлеп берди. Оқыўшылар болса мийманларға өзлериниң қосықлары, сахна көринислери ҳәм музыкалық шығыўларын усыныс етти.








Spelling error report
The following text will be sent to our editors: