Жаз мәўсиминде балалар дем алыў орайларында

Быйылғы жыл жаз мәўсиминде Республикамыз аймағындағы 11 стационар түрдеги балалар дем алыў орайларында жәми 7698 баланы саўаландырыў режелестирилип, соннан: 6 орайында 5788 баланы (“Шанарақлық балалар үйи”лериниң ҳәмде кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалткаң шаңарақлардың 3000 бала, кәсиплик аўқамлары қәрежетлер есабынан 2788 бала) сондай-ақ, жергиликли ҳәкимликлер, хожалық органлары ҳәм қәўендерлер есабынан 5 оқыў мәкемелериниң базасында шөлкемлестирелетуғын орайында 1910 баланы саўаландырыў режелестирилген.

Стационар түрдеги орайларда хәмде мәденият ҳәм спорт саўаландырыў майданшаларында 24448 бала дем алдырылады, бул республикамыз мектеплериндеги 7-14 жастағы оқыўшы балалар санының 8,6 пайызын қурайды.

Ҳәр жылғы әдетке көре, балаларды саўаландырыў мәўсимине 2-июнь күнинен старт берилип. 11 стационар ҳәмде 69 саўаландырыў майданшаларында балалар дем алыўы басланды.

Бүгинги күнде мәўсимниң 1-4 гезеклерде 11 стационар түрдеги балалар орайларында жәми 5481 (соннан “Шанарақлық балалар үйи”лериниң ҳәмде кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалткаң шаңарақлардың 1393 бала) балалар саўаландырылды.

Соның менен бирге, қала-районларда искерлигин жүргизип атырған 69 саӯаландырыў майданшаларында жәми 13400 балалар дем алдырылыўы тәмийинленди.

Орайларда тәлим-тәрбия жумысларын, медициналық хызмет көрсетиў, балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўин шөлкемлестириў бойынша орайларға тәжирийбели педагог-хызметкерелер, медицина, СЭС, Ишки ислер, айрықша жағдайлар ҳәмде Миллий гвардия хызметкерлери бириктирилди.

Орайларға басқа шахслар, ата-аналардың ҳәмде түрли транспортлардың кириўи қадағаланған, соның менен бирге, орайларда балаларды аўқатландырыў бойынша аутсорсинг хызмети енгизилген болып, ϴзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети ҳәмде Балалардың дем алыўы ҳәм саўаландырыўын шөлкемлестириў департаменти менен биргеликте балаларды саламат аўқатландырыў бойынша үлгили менюлар исленип шығылып, орайларда күнине 5 мәрте аўкат бериледи (азанғы ас, түслик, екинши түслик, кешки аўқат, екинши кешки аўқат).

Балалар дем алыў орайларына ҳәр бир аймақтан балалардың қәўипсизлиги тәмийинлеген ҳалда арнаўлы автотранспортларда келип-кетиўлери тәмийинленбекте.

Мәўсимниң 5-гезеги усы жылдың 28-июль күнинен басланып, 8 стационар түрдеги орайларға жәми 1165 бала (соннан кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысын жоғалткаң шаңарақлардың 775 бала) қабыл етиледи.