Аўыр атлетика бойынша Қарақалпақстан чемпионаты өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентининң 2022-жыл 14-февральдағы Өзбекстан спортшыларының гезектеги жазғы Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларына нәтийжели қатнасыў ушын таярлық жумысларын муўапықластырыў хаққында ПҚ-127 санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси ҳәм Өзбекстан аўыр атлетика федерациясының Қарақалпакстан бөлими менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасында күшли спортшыларды Өзбекстан миллий сайланды командасына жеткизип бериў мақсетинде спорт жарысларын биргеликте өткерип келмекте.

2022-жыл 10-11 май күнлери Тақыятас районы Педагогика колледжи базасында спорттың аўыр атлетика түри бойынша 2006-2012 жыллары туўылған балалар-өспиримлер спорт мектеплери ҳәм қәнийгелестирилген балалар-өспиримлер спорт мектеплери спортшылары арасында Карақалпақстан Республикасы чемпионатлары өткерилди. Жарысларда Беруний, Әмиўдарья, Қараөзек, Кегейли, Тақыятас, Бозатаў, Тахтакөпир районларынан ҳәм Нөкис қаласынан 160 тан артық өспирим балалар ҳәм қыз спортшылар қатнасты. Солардан 30 дан артығы қызлар.

Жарыс соңында жеңимпазлар ҳәм 2 ши, 3 ши орынларды ийелеген спортшылар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен қымбатбаҳалы естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Жарыс жеңимпазлары 25-28 май күнлери Нөкис қаласында болып өтетуғын 2006-2012 жыллары туўылған балалар-өспиримлер спорт мектеплери ҳәм қәнийгелестирилген балалар-өспиримлер спорт мектеплери спортшылары арасында Өзбекстан чемпионатына қатнасыў ушын жоллама алды.