Тақыятас жылылық электр станциясында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 24-декабрьдеги 819-санлы қарарының орынланыўы барысында мийнетти қорғаўға бағышланған оқыў-семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан Кеӊеси мийнет техник-инспекторы Б.Утептбергенов Карақалпақастан Республикасы Камбағаллықты қысқартыў хәм бәнтликти тәмийнлеў министрлигиниӊ мәмлекетлик мийнет техник инспекторлары М.Тажетдинов ҳәмде Д.Базарбаевлар қарардыӊ тийкарғы мазмуны болған яғный «Кәрхана, мекеме ҳәм шөлкемлерде мийнетти қорғаў жумысларын ҳәм мийнетти қорғаў хызметиниң жумысын шөлкемлестириў» тәртиби, «Мийнетти қорғаў бойынша жол-жоба өткериў, оқытыў ҳәм билимлерди тексериў, маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў», «Мийнетти қорғаў бойынша инструкцияларды ислеп шығыў» ҳәмде «Мийнетти қорғаў бойынша ўәкил ҳаққындағы жаңа режелердиң мазмун-мәниси, оларды әмелиятқа енгизиў, кәрханаларда қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў ҳәм өндиристе бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мәселелери додаланды.
Жаңа Өзбекстанда мийнет шараятларын жақсылаў, өндиристеги бахытсыз ҳәдийсе ҳәм кәсип кеселликлериниӊ профилактикасы және хызметкерлердиң билимин арттырыўға қаратылған жумысларды буннан былай да күшейтиўди системалы түрде даўам еттириў;
Семинар даўамында қәнигелер тәрепинен мийнетти қорғаўды басқарыў системасын енгизиў, нызамшылық талапларына әмел етиў ҳәм қәўипсизлик мәдениятын арттырыў бойынша усыныслар берилди. Бул семинар хызметкерлердиң билим ҳәм көнликпелерин беккемлеўге хызмет етпекте.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: