8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен орынларда саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайтуғын ғалабалық спорт илажларына айрықша итибар қаратылмақта.
Мине усындай илажлардан бири Нөкис қаласында болып өтти. Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшесиниң басламасы менен усы жылдың 5-6-март күнлери Нөкис қаласындағы 17-, 32-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери спорт базасында спорттың Волейбол түринен спорт жарыслары шөлкемлестирилди.
Бул жарыста қалалық бөлимше қурамындағы билимлендириў мәкемелеринде мийнет етип атырған ҳаял-қызлар өз-ара күш сынасты.
Қызғын бәсеки ҳәм өз-ара маўасасыз гүреслер астында өткен беллесиўлер хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын және де арттырып, олардың жеңиске болған умтылысы ҳәм жәмәәтлик руўхын беккемледи. Барлық қатнасыўшылар өзиниң жеңиси ушын жуўапкершилик пенен, аўызбиршиликли ҳәм шөлкемлескен ҳалда ҳәрекет етти.
Жарыс соңында жеңимпазлықты қолға киргизген қатнасыўшылар ҳәм командалар Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлиминиң кеңеси тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Бул илаж тек ғана байрам саўғасы емес, ал хызметкерлердиң саламатлығын беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: