Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мәжилиси залында усы жылдың 31-январь күни Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси қурамындағы билимлендириў мәкемелеринде ислеп атырған кәсиплик аўқам ағзалары ҳәмде Өзбекстан исбилерменлик, бизнес ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети қурамындағы мәкемелерде ислеўши кәсиплик аўқамы ағзалары қатнасында «Китап-руўхыйлық айнасы» атамасында «Руўхыйлық сааты» өткерилди.
Өткерилген «Руўхыйлық сааты»на Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, Дослық ордени ийеси Гулистан Даулетова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы, Өзбекстан хәм Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағласы Оралхан Сапаровалар қатнасып, китаптың инсан өмириндеги әҳмийети, китап оқыўды ҳәр бир шаңарақта үрдиске айландырып, инсанлардың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша өзлериниң өмир сабақларын айтып берди. Сондай-ақ, Г.Даулетова өзиниң жазған қосықларының дөрелиў тарийхы, жазған қосықларына композиторлар тәрепине намалар шығарылып халқымызға кеңнен тарап атырғанларын айтқан болса, ал О.Сапарова өзиниң жазған «Тәғдир соқпақлары», «Қайдасаң Чинара», «Үш автордың бир қаҳарманы» ҳәм т.б атамада жазған китапларынан үзиндилер оқып берди.
«Руўхыйлық сааты» қатнасыўшыларынан Нөкис қалалық 6-санлы мектеп муғаллими Н.Алламуратова, 1-санлы мектеп муғаллимлери Г.Қурбанбаева ҳәм А.Мустафаевалар өзлерин қызықтырған сораўларын берип, мағлыўматқа бай жуўаплар алды.
Өткерилген «Руўхыйлық сааты» жүдә қызықлы ҳәм қатнасыўшыларды үлкен тәсирлер қалдырғандай тәризде мазмунлы болып өтти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: