Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасында 2023-2025-жыллар ушын қабыл етилген жәмәәтлик шәртнамасының 2023 жылда орынланыўы бойынша конференция болып өтти. Конференцияда Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының орынбасары Н.Аралбаев, Мийнеткешлердиң социалллық-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими меӊгериўшиси П.Торемуратов, Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Е.Сейтназаров ҳәм Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Тахиятас район кеңеси баслығы Ж.Алимовлар қатнасты. Конференцияда ис бериӯши ҳәмде кәсиплик аўқам комитетлери тәрепинен 2023-жылда жәмәәтлик шәртнаманың орынланыӯы бойынша есабатлары тыӊланды. Жәмәәтлик шәртнаманың орынланыўы қанаатландырарлы деп табылып, тийисли қарарлары қабыл қылынды.
Уқсас жаңалықлар
Шоманай гөззаллары спорт жарысында
09.03.2022 16:52:03
4287
Бостанлықта спартакиада жарыслары өткерилди
04.10.2024 11:13:17
433
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: