9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм ораза ҳайыт байрамы мүнәсебети менен Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми тәрепинен исленген жумыслар

Мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық шөлкеми Атқарыў комитетиниң 2021-жыл 26-апрель күнги 04-08 санлы «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериўде кәсиплик аўқамларының қатнасыўын шөлкемлестириў ҳаққында» қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм ораза ҳайыт байрамы мүнәсебети менен Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлердиң балалары арасында турақлы күтим керек болған ҳәм имканияты шекленген нәгиранлығы болған 24 балаларға басланғыш кәсиплик аўқамы тәрепинен жазғы кийимлер ҳәм байрам саўғалары тапсырылып олардың ҳалынан хабар алынды.