Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 2022-жыл 22-апрель күни Қанлыкөл районында “Кәсиплик аўқамлары басланғыш шөлкемлер жумысларын устав талаплары тийкарында алып барыў” атамасындағы оқыў-семинар өткерилди.
Оқыў-семинардың тийкарғы мақсети мийнет етип атырған ҳәр бир кәсиплик аўқамы ағзаларының мүнәсип мийнет шәраятларының жаратылып берилиўи, нызамлы ҳуқықларының қорғалыўы, мийнетке мүнәсип ҳақ төленилиўи, жәмәәтлик шәртнамалары дүзилиўи ҳәм олардың орынланыўы бойынша қадағалаўдың әмелге асырылыўы, мийнетти қорғаў, мәдений-ағартыў, дене-тәрбия ҳәм спорт саўаландырыў тараўындағы нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғалыўына ерисиў.
Оқыў-семинар тараў кәсиплик аўқамларынан 55 жаңадан сайланған басланғыш кәсиплик аўқам шөлкем баслықлары ҳәм белсендилери қатнасында Кеңес мәжилислер залында болып өтти.
Оқыў-семинар бағдарламасына тийкар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси Шөлкемлестириў жумыслары бөлими меңгериўшиси Гулнара Илмурадова “Кәсиплик аўқам хызметкерлери потенциалын асырыў”, “Кәсиплик аўқам комитети жумысларын жобаластырыў, басланғыш шөлкемлерде өз қарарлары, жоқары шөлкемлерден келген ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша мониторингин алып барыў”, Кеңес мийнеткешлердиң социал-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими меңгериўшиси Полат Төремуратов “Мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаўда кәсиплик аўқамларының жумысы. Жәмәәтлик келисимлер ҳәм шәртнамалар ҳәм оларды қабыл етиў, әмелге асырыў ҳәм орынланыўын қадағалаў. Халықаралық Мийнет Шөлкеми Конвенциялары бойынша Өзбекстан Республикасың мәжбүриятлары ҳаққында”, Кеңестиң физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжәәтлери менен ислесиў бойынша бас қәниеси Оралбай Уразбаев “Кәсиплик аўқамларының ҳуқықый тийкарлары. Мийнет шәртнамасы дүзиў, өзгертиў ҳәм бийкар етиў тәртиби”, Кеңестиң мийнетти қорғаў бойынша жетекши қәнигеси Султамурат Оразымбетов “Кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнетти қорғаў бойынша қағыйда ҳәм нормаларына әмел етиў бойынша жәмәәтшилик қадағалаўын алып барыў. Бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў” атамаларында теориялық ҳәм әмелий шынығыўлар өткерди.
Оқыў-семинар жуўмағында қатнасыўшылар өз-ара пикир алмасты ҳәм өткерилген оқыў-семинар бойынша анкета сораўларына жуўаплар берди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: