Жаслар ҳәм мийнеткешлер – кәсиплик аўқам итибарында

2026 жыл 11-ноябрь күни «11-ноябрь Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» мүнәсебети менен Жаңа Өзбекстан – Жаңа кәсиплик аўқамлары” ураны астанда Нөкис алдынғы кәсиплик шеберлик техникумында мийнеткешлер ҳәм жаслар менен ушарасыў болып өтти.

Өзбекстан транспорт жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери Қаракалпақстан Республикасы бөлимшеси дизиминдеги басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеми баслықлары менен ушрасыў өткерилди.

Илажда Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси бөлимшеси баслығы Г.Палўаниязова, Нөкис алдынғы кәсиплик шеберлик техникумы оқыў ислери бойынша диретор орынбасары О.Тилеуов ҳәм де кәсиплик аўқам баслығы А.Жусуповалар қатнасып бәршени байрам менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 23-ноябрьдеги “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында”ғи 648-санлы Нызамына муўапық, “11-ноябрь Өзбекстан кәсиплик аўқамлари” күни ретинде рәсмий белгилениўи ҳаққында сөйлеп, байрам менен барлық хызметкерлерди қызғын қутлықлады. Соның менен бирге, ҳәзирги күнде ел басшымыз тәрепинен мәмлекетимизде жаратылып атырған шараятларға тоқталып өтти. Илаж даўамында кәсиплик аўқамлары искерлиги ҳәм де өндириске тийисли әмелге асырылып атырған реформалар бойынша да сөз журитилди.

Сондай ақ техникумда жемисли мийнет етип атырған бир қатар кәсиплик аўқамы белсендилери байрам мүнәсебети менен ҳүрмет жарлығы ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.