Талқылаў орайында-хызметкерлердиң мәплери

Кәрханада жумысшылардың мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы болған ҳалда жарақатланыўы, кәсип кеселлигине ушыраўы ямаса денсаўлығына басқаша түрде жарақат жеткерилгенлиги себепли зыян көрген мәкемениң бурынғы хызметкерлерине, мийнетте майып болыў, кәсип кеселлиги яки мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы болған ҳалда денсаўлығына зыян жеткергенлиги себепли қайтыс болған хызметкер қарамағында болған ҳәм жеткизилген зыян төлемин алыў ҳуқықына ийе болған мийнетке қәбилетсиз шахсларға, жумыс бериўши барлық хызметкерлерди, соның ишинде жумысқа жаңадан қабыл етилген хызметкерлерди жәмәәтлик шәртнама басқа локал ҳүжжетлери менен Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексинде белгиленген мүддетлерде қол қойдырған ҳалда таныстырыў, жәмәәтлик шәртнаманың мазмунына ҳәм орынланыў шәртлерине байланыслы мағлыўматлар әшкаралығын тәмийинлеў миннетлемесин өз мойнына алатуғынлыгы айтылып өтилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлер кәсиплик аўқамы Республика кеңесиниң мийнеткешлердин социал мәплерин корғаў бойынша бас қәнийгеси Х.Б.Мадаминов басшылығында тармақ кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Г.Т.Палуаниязова қатнасыўында Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы жоллардан тураклы пайдаланыў мәмлекетлик мекемеси ҳәм де Кегейли районы жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик мекемеси искерлиги де үйренилди.