Көрик-таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды

Қарақалпакстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги мәжилислер залында 12-май-“Халық аралық мийирбийкелер күни” байрамы мунәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси, Өзбекстан Ҳамширалар Ассосациясының Қарақалпақстан бөлими менен биргеликтеги байрам илажы өткерилди.

Байрам илажында Қарақалпақстан  Республикасы денсаўлықты сақлаў министри М.Курбанов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, Өзбекстан Ҳамширалар Ассосациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы Р.Мишеновалар қатнасты.Илаж барысында медицина тараўында көп жыллық пидайы мийнетлери ушын 5 орта буўын медицина хызметкерлерине Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, байрам илажында орта буўын медицина хызметкерлери арасында өткерилген «Жылдың ең жақсы орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкери», “Патронаж акушерка-ҳаял саламатлығының таянышы” ҳәм тараў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған мийирбийкелердиң 7-10 жас аралығындағы перзентлериниң қатнасыўында өткерилген «Мениң анам мийирбийке» сүўрет салыў таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң биргеликтеги тийисли дәрежедеги дипломлары ҳәм Кеңес тәрепинен таярланған баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Буннан тысқары, «Жылдың ең жақсы орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкери» таңлаўы ҳәм “Патронаж акушерка-ҳаял саламатлығының таянышы” көрик-таңлаўының жеңимпазларына Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан Ҳамширалар Ассосациясының Қарақалпақстан бөлиминиң биргеликтеги диплом ҳәм саўғалары тапсырылды.