Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы алдына 1-октябрь-«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен усы жылдың 26- ҳәм 27-сентябрь күнлери Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси қурамындағы билимлендириў мәкемелеринде ислеп атырған 100 хызметкер Шылпық қорғанына, Беруний районында жайласқан Султан Увайс баба ҳәм Елликқала районында жайласқан Кеширмес баба, Норимжон баба зыярат орынларына алып барылды. Дәслебинде зыяратшылар Султан Увайс баба зыярат орнына барып, ол жерде қуран оқылып, пәтия етилди. Буннан соң Кеширмес баба ҳәм Норимжон баба зыярат орынларына да барып, ол жерде де қуран оқылып, пәтия етилди.
Зыяратшыларға бул тарыйхый комплекс орынларының тарыйхы, уллы тулғалар, олардың мақбараларының қашан қурылғаны ҳаққында қәнигелер тәрепинен кең түсиниклер берилди.
Тарийхый комплекс орынларына болған зыратлар хызметкерлер қәлбинде үлкен тәсирлер қалдырды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: