Есабат-сайлаў конференциясы өткерилди

Усы жылдың 12 июнь күни Қарақалпақстан медицина институты мәжилислер залында Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы бөлимшесиниң II есабат-сайлаў конференциясы болып өтти.

Конференция жумысында Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң баслығы Ф.Ханапияев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Қарақалпақстан кеңеси баслығы У.Жалменов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Республикасы бойынша ўәкили Б.Султонов, Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри орынбасары Г.Абдисаметова, мирәт етилген мийманлар ҳәм делегатлар қатнасты.

Конференцияда Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң 2021-жыл апрелъ-2025-жыл май айлары аралығындағы жумыслары ҳаққындағы баянаты тыңланды. Баянат додаланып болынғаннан соң, кеңестиң алып барған жумыслары бир аўыздан “қанаатландырарлы” деп баҳаланды, сондай-ақ тексериў комиссиясы есабаты тастыйықланды.

Есабат-сайлаўларды өткериў ҳаққындағы Режениң 3.3.22-бәнтине муўапық альтернативлик тийкарда, жасырын даўыс бериў жолы менен Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы лаўазымына Байбосынова Лизахан Алламбергеновна сайланды.

Соның менен бирге Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси ҳәм де тексериў комиссиясының қурамы ҳәм тексериў комиссиясы баслығы сайланды.

Конференция соңында Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы бөлимшесиниң келеси бес жыллық ушын тийкарғы ўазыйпалары белгиленип алынды.