ҲАЯЛЛАРЫ ҚӘДИР ТАПҚАН ЕЛ

Президентимиздиң басшылығында бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды қәдирлеў ҳәмде шаңарақларды беккемлеў, сондай-ақ жас әўладты миллий қәдириятларымызды ҳүрмет етиў руўхында тәрбиялаўдағы ролин ҳәм социаллық белсендилигин асырыў, соның менен бирге барлық тараўларда нәтийжели мийнет етип атырған белсенди ҳаял-қызларды хошаметлеў, үлгили кәсиплик мақтанышы менен бирге өрнек болған мийнет ветеранларын қәдирлеп-қәстерлеў жумысларында кәсиплик аўқамлары да белсене қатнаспақта.

Жәмәәтлик келисимлери ҳәм шәртнамалары арқалы мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында, “Кәсиплик аўқамлары-ҳаял-қызларға” акциясы шеңберинде 3835 ҳаял-қызларға саўғалар тапсырылды.

2024-жыл 6-март күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тарепинен 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен «Ҳаяллары қәдир тапқан ел» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.

Илажды Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.А.Жалменов ашып, Президентимиз Ш.Мирзиёев ҳаял-қызларымыздың саламатлығы жолында ҳәм жәмийетте өз орнын белгилеўинде басламалары илгери сүрилгенлиги соның менен бирге мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ушын көплеген имканиятлар жаратып берилген,олар қайсы тараўда болса да өзлериниң мийнет сүйгишлиги, талапшаңлығы арқасында ерлер менен тең қәдем таслап атырғанлығы ҳаққында айтып өтти.

Байрам кешеси даўамында Ўатанымыздың раўажланыўы жолында жемисли мийнет етип атырған, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында пидәкерлик көрсетип киятырған бир қатар ҳаял-қызларға ҳәм нураный аналары­мызға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Илаж даўамында концерт бағдарламасы ҳәммеге көтеринки кейпият бағышлады.