Усы жылдың 27-март күни Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлиги жанындағы Беруний Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы мийнет жәмәәтиниң жәмәәтлик шәртнамасының 2022-жылда орынланыўы бойынша мәжилиси болып өтти.
Мажилисде 2022-жылда жәмәәтлик шәртнамасы ҳәм оның қосымшалары орынланыўы бойынша ис бериўши ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеми баслықлары есабатлары тыңланды.
Жыйналыста Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Е.Сейтназаров қатнасты.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: