-Кеңес аппараты бөлимлериниң жумысларын шөлкемлестириў, жобаластырыў, олар арасында хызмет мүнәсибетлери ҳәм де мийнет тәртибин қатаң жолға қойыў;
-тараўлық кәсиплик аўқамлары Республикалық Кеңеслери бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшилери, районлық, қалалық кеңеслери структураларының жумысларын муўапықластырыў, системада Устав тәртип-қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў, басшы ҳәм атқарыўшы органлар тәрепинен қабыл етилген қарарлардың орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў;
-Кеңес атынан түрли кәрхана, мекеме ҳәм шөлкемлерге мүрәжәәт етиў, өз-ара байланысларды шөлкемлестириў, Кеңес атынан өз ўәкиллиги шеңберинде ис көриў;
-Кеңесте тәртип-интизамды қадағалаў, жоқары шөлкемлерден келетуғын тапсырмалардың өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў;
-Кеңестиң ис жобаларының ислеп шығылыўын шөлкемлестириў;
-Кеңес тәрепинен өткерилетуғын конференция, кеңес, Атқарыў комитети мәжилислерин шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў;
-Кеңес ағзалары ҳәм кәсиплик аўқам белсендилеринен ўақтыншалық комиссиялар, исши топарларын дүзип, олардың жумысларын муўапықластырыў;
-кәсиплик аўқамлары жумысы бойынша көрсетпелер, усыныслар ҳәм методикалық қолланбаларды баспадан шығарыў бойынша усыныслар таярланыўын қадағалаўды әмелге асырады.
Кеңес баслығының орынбасары Кеңестиң мийнеткешлердиң социал-економикалық мәплерин қорғаў, мийнетти қорғаў, мәденият ҳәм спорт жумыслары, социаллық қамсызландырыў бөлимлери жумысларын муўапықластырады;
-мийнет, жумыс пенен бәнтлик, турмыс, саўаландырыў, мәденият ҳәм спорт, сондай-ақ басқа мәселелер бойынша тийисли мәкемелерге усыныслар киргизеди;
-жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары питкериўшилерин жумысқа орналастырыў бойынша кәсиплик аўқамлары шөлкемлери жумысларын муўапықластырыў;
-“Устаз-шәкирт” бағдарламалары тийкарында колледж оқыўшы жасларының әмелият өтеўлери ушын шараятлар жаратыўға басшылық етеди;
-жаңа жумыс орынларын жаратыў, касанашы тийкарында халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде кәсиплик аўқамлары жумысларын муўапықластырады;
-зәрүр жағдайларда қәнигелерди кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаўды жумыс бериўшилер яғный тийисли мәкемелер басшылығынан талап етеди;
-халықтың түрли топарлары ҳәм қатламларының турмыс дәрежесин үйрениў, халық дәраматы, халық тутыныў товарлары ҳәм хызметлер баҳасының өсиў индекси қатнасын тәртипке салыў бойынша усыныслар таярлаўда қатнасады;
-аймақта әмелге асырылып атырған улыўма мәмлекетлик мәплерге байланыслы жумысларда, ислеп шығарыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыўда қатнасады;
-белгиленген тәртипте жәмәәтлик келисимлердиң жойбарларын експертизадан өткереди;
-ағза шөлкемлерге жәмәәтлик шәртнамалардың жойбарларын експертизадан өткериўде әмелий жәрдем көрсетеди;
-кәсиплик аўқамлары шөлкемлерине методикалық, шөлкемлестириў, консултатив, ҳуқуқый жәрдем көрсетиў, кәсиплик аўқам хызметкерлери ҳәм белсендилерин оқытыў бойынша жумысларды алып барады;
-улыўма мақсетлер жолында тараўлық кәсиплик аўқамлары республикалық кеңеслери менен бирге ислеседи;
-Республика ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмәәтшиликке кәсиплик аўқам жумысларын сәўлелендирип барыўға басшылық етеди;
-Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кеңеси тәрепинен талап етилип атырған мағлыўматлар ҳәм есабатлардың ўақтында орынланыўын ҳәм берилиўин қадағалайды;
– Кеңес ағзалары ҳәм кәсиплик аўқам белсендилеринен ўақытшалық комиссиялар, исши топарлар дүзиў бойынша усыныслар киргизеди;
-Кеңестиң мәжилислер аралығындағы жумысы ҳаққындағы мағлыўматларды улыўмаластырады;
-социаллық шерикшиликти шөлкемлестириў бойынша мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлери менен бирге ислесиў мәселелерине басшылық етеди;
-Кеңестиң сайланба органлары оған ҳуқықын берген басқа ўазыйпаларды орынлайды.
Кеңес аппаратында мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў, мийнетти қорғаў, мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт жумыслары ҳәм социаллық-қамсызландырыў бөлимлери, агросанаат комплекси, билимлендириў ҳәм илим, мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў шөлкемлери үстинен кураторлық етеди. Ишки мийнет тәртибин тәмийинлеў, жазғы балаларды саўаландырыў жумысларында қадағалаў алып барады.
Кеңес баслығы болмаған ўақытларда оның ўазыйпаларын орынлайды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: