-Кеңес конференциясы, Атқарыў комитети ҳәм жоқарғы шөлкемлер қарарларының oрынланыўын шөлкемлестиреди, усы мақсетте төменги шөлкемлердиң жумыс ҳәрекетин муўапықластырады;
– Кеңес, Атқарыў комитети, аппарат мәжлислерин алып барады, усы мәжилислер қарарларына қол қояды;
-Кеңес жумысына басшылық eтеди, Кеңес атынан исеним хатысыз жумыс алып барады;
-сайланатуғын, тастыйықланатуғын басшы кадрларды үйрениў, таңлаў, таярлаў, oрны-орнына қойыў ҳәм oлардың жумыслары бойынша усыныслар таярлаў мәселесинде басшылық eтеди;
-Кеңес аппараты лаўазымларына кадрларды таңлайды ҳәм лаўазымға тастыйықлайды, тараўлық кәсиплик аўқамлары Республикалық Кеңеслериниң жуўаплы шөлкемлестириўшилери, қалалық, районлық кеңес баслықлығына кандидатураларды сәўбеттен өткереди;
-баслық лаўазымларға кадрлар резервин қәлиплестиреди, oларды басқышпа-басқыш лаўазымға таярлаў жумысларын қадағалайды;
-вакант oрынларға кадрларды таңлаўға басшылық eтеди;
-қаржы ҳүжжетлерине қол қояды ;
-шөлкемлестириў жумыслары, юридикалық, қаржы бөлимлери ислер басқармасы жумысларына басшылық eтеди;
-тараўлық кәсиплик аўқамлары Республикалық Кеңеслериниң жуўаплы шөлкемлестириўшилериниң жумысларын шөлкемлестириўге басшылық eтеди;
-кәсиплик аўқамлары районлық, қалалық кеңеслери, басланғыш шөлкемлеринде кадрларды таңлаў, oрын-орынына қойыўда кадрлар сиясатын алып барады;
-Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқам шөлкемлеринде кадрлар менен ислеў системасын раўажландырыўға басшылық eтеди;
-Қарақалпақстан Кеңесине қараслы балалар дем алыс oрайларының жумысларын шөлкемлестириў, методикалық жәрдем бериў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша алып барылатуғын жумысларды қадағалайды;
-Кеңестиң басшысы болады ҳәм соның менен бир ўақытта Қараыалпаыстан Кеңеси Атқарыў комитети ағзасы ҳәм Кеңес баслығы болып eсапланады ҳәм бес жыл мүддетке сайланады;
-Кеңестиң сайланба oрганлары жумысына басшылық eтеди;
-Кеңес Атқарыў комитети белгилеген пул қаржыларын басқарады;
-Кеңес аппараты хызметкерлери менен мийнет шәртнамасын дүзеди (бийкар eтеди), хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын тастыйықлайды;
-Кеңеси жумысы менен байланыслы бийликлер шығарады;
-Кәсиплик аўқамы ҳәм социаллық қамсызландырыў бюджети қаржылары бойынша кредит басқарыўшысы болып eсапланады ҳәм oлардың мақсетли сарыпланыўы ушын жеке жуўапкер болып табылады.
Кеңес баслығы төмендеги мәселелер бойынша Кеңес аппараты, ағза шөлкемлердиң жумысларын шөлкемлестиреди, белгиленген ўазыйпалардың тез пәт пенен шешилиўин тәмийинлейди ҳәм нәтийжеси ушын жеке жуўап береди:
-республикада әмелге асырылып атырған улыўма мәмлекетлик мәплерге байланыслы жумысларда, ислеп шығарыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыўда қатнасады;
-мийнеткешлер ҳәм oлардың шаңарақ ағзаларын саўалландырыў бойынша жумысларды алып барыў ҳәм де усы мақсетте Өзбeкстaн кәсиплик аўқамлары Федерациясы кеңесине кәсиплик аўқамы ағзалық төлемлери қаржыларының толық ҳәм өз ўақтында өткизилиўин тәмийинлеўди қадағалайды;
-аймақта социаллық-экономикалық бағдарламаларды раўажландырыў ҳәм әмелге асырыўда кәсиплик аўқамларының қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған ис-иләжларды әмелге асырыўға басшылық eтеди;
-Кеңестиң сайланба oрганлары oған ўәкиллик берген басқа ўазыйпаларды oрынлайды.
Кеңес аппаратына улыўма басшылық, шөлкемлестириў жумыслары, юридикалық, қаржы бөлимлери ҳәм ислер басқармасы, кадрлар, кәсиплик аўқамлары Кеңеси қаржысын ҳәм мүлкин басқарыў мәселелери, ден-саўлықты сақлаў, тутыныў товарларын ислеп шығарыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлери үстинен кураторлық eтеди. Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм Республикалық комиссиялар жумысларына қатнасыў. Мәмлекетлик eмес, жәмийетлик шөлкемлер менен байланысты тәмийинлейди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: