Кәсиплик аўқам шөлкеми қалай дүзиледи?


Егер кәрхана,  шөлкем,  мекемелерде кәсиплик аўқамы шөлкеми болмаса ол қандай дүзиледи?

Егер сиз мийнет етип атырған кәрхана,  шөлкем,  мекемелерде кәсиплик аўқамы шөлкеми болмаса,  кеминде 5 тен кем болмаған кәсиплеслериңиз бенен биргеликте оны дүзиўиңиз мүмкин.

Буның ушын қайсы тараў кәсиплик аўқамына кирмекши болсаңыз сол тармақ кәсиплик аўқамының уставы менен танысып шығың.

Соннан кейин кәрхана (шөлкем,  мекеме) мийнет жәмәәтиниң улыўма жыйналысы (улыўма жыйналыс шақырыўдың имканы болмаған ири кәрханаларда конференция) өткерилип,  кәсиплик аўқамы шөлкемин дүзиў ҳәм қайсы тармақ кәсиплик аўқамы системасына кириў ҳаққында қарар қабыл қылынады.

Жыйналыс (конференцияда) сондай-ақ:

– 15 ке шекем кәсиплик аўқамы ағзасын бирлестирген басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкемине – кәсиплик аўқамы шөлкемлестириўшиси,  оның орынбасары ҳәм есапшысы;

– 15 ҳәм оннан артық кәсиплик аўқамлары ағзаларын бирлестирген басланғыш шөлкемде – кәсиплик аўқамы комитети ҳәм (егер басланғыш шөлкем айрықша есап бетине ийе болса) тексериў комиссиясы сайланады.

Басланғыш шөлкем шөлкемлестирилгеннен соң он күн мүддетте бул ҳаққында қайсы тармақ кәсиплик аўқамына кирмекши болса,  сол кәсиплик аўқамының аймақлық шөлкемине (район,  қала кеңеси,  ўалаят бирлескен комитетине),  олар болмаған тәғдирде – кәсиплик аўқамы Республика кеңесине хабар қылынады.

Басланғыш шөлкемниң усы хаты тийкарында кәсиплик аўқамының жоқары шөлкеми басланғыш шөлкемди кәсиплик аўқамы хызметине қабыл қылыў,  оның есап бетин ашыў ҳәм мөрин таярлаў ҳаққында қарар қабыл қылынады.