Бул дүняда бахытлы, бахытлы жасаў – ҳәр бир инсанның әрманы. Бул жолда ҳәр ким күнди түнге, түнди таңға улап мийнет етеди, изленеди, талпынады.
Билимлендириў тараўында узақ жыллар жемисли мийнет ислеп, бүгинги күнде ҳүрметли дем алыста отырған мийнет нураныйлары баршылық.
Усы жылдыӊ 21-август күни Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеӊеси тәрепинен ҳүрметли дем алыста отырған бир қатар мийнет нураныйларыныӊ жағдайынан хабар алып, оларды социаллық қорғаў иләжлары шөлкемлестирилди.
Өткизилген иләжға Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеӊесиниӊ Социаллық қорғаў жумыслары бойынша бас қәнигеси Лазокат Турикова қатнасып бир қатар мийнет нураныйларыныӊ үйине барып, жағдайынан хабар алды.
Атап айтқанда: Нөкис қаласы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектеби тарийх пәни муғаллими Мамутова Гулбаҳар, 31-санлы улыўма орта билим бериў мектеби баслаўыш класс муғаллими Көмекова Гала ҳәм тағы басқа хызметкерлердиӊ шаңарақларына барып, бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанлығы, сондай-ақ узақ жыллар жемисли мийнет етип бүгинги күнде ҳүрметли дем алыста отырған мийнет нураныйларын ҳәр дайым қоллап-қуўатлаў, оларға кәсиплик аўқамлары тәрепинен социаллық жәрдемлер көрсетиў иләжларыныӊ алып барылыўы ҳаққында қызғын сәўбетлесиўлер алып барылда. Өткизилген иләж даўамында мийнет нураныйларына Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимше кеңеси тәрепинен таярланған қымбат баҳалы естелик саўғалары тапсырылды.
Иләж барысында бир қатар басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкемлериниӊ жумыслары менен танысып, Ис бериўши тәрепинен хызметкерлерди социаллық қорғаў, мийнет қәўипсизлигин тәмийинлеў тәмийинлеў бойынша исленип атырғын жумыслары, кәсиплик аўқамы тәрепинен хызметкерлердиӊ ҳуқықларын қорғаў бойынша жумыслары барысы көзден өткерилди.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: