Әмиўдәрья әўелден дийханшылық ҳәм тамарқадан өнимли пайдаланып, мийнети есесине көплеген дәрәматларды қолға киритиў есесине ҳам шаңарағы, ҳәмде жәмийет экономикасының көтерилиўине мүнәсиб үлесин қосып келип атырған районлар қатарына киреди. Әмиўдәрья районы ҳәкимияты мәжлислер залында район кәрхана, шөлкем баслықлары, агрокластерлер баслықлары, ири фермер хожалықлары баслықлары ҳәм Қарақалпақстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўындағы қала ҳәм район кеңес баслықлары, басланғыш кәсиплик аўқам комитети баслықлары ушын оқыў-семинар болып өтти.
Онда, Әмиўдәрья районы ҳәкими Сабир Хожаметов сөзге шығып ҳәм аўыл хожалығы тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳәм гезектеги режелер ҳаққында сөз жүритти. Соннан соң Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси баслығының биринши орынбасары Тўхта Бозоров Мийнеткешлерди социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў, тараўға ағза ири кәрхана, шөлкемлер ҳәм агрокластерлер менен байланысты жәнеде раўажландырыў барысы туўрысында айтылды..Сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы орынбасары Муратбай Данияров, Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Ерғали Сейтназаров ҳәмде кеңестиң мийнетти қорғаў бөлими жетекши қәнийгеси Султамурат Оразимбетовлар жәмәәтлик шәртнамалардың орны, мийнетти қорғаў туўрысында шығып сөйледилер.
Мийнеткешлерди социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў, кәрхана, шөлкем, фермер хожалықлары, агрокластерлерде мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик жумысларын шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестирилген оқыў-семинар жуўмағында сораў-жуўаплар болып өтти ҳәм қатнасыўшылар тәрепинен киритилген усынысларға жуўапкерлерден зәрүр усыныслар берилип өтилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: