Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен усы жылдың 10-11-февраль күнлери Мойнақ районындағы «Ақ Кеме» балалар дем алыў ҳәм саўаландырыў орайында «Басланғыш кәсиплик аўқамы комитети жумысларын шөлкемлестириў” атамасында оқыў-семинар шөлкемлестирилди.
Оқыў-семинарда Билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қоңырат районы Кеңеси қурамындағы жаңадан сайланған кәсиплик аўқамлары басланғыш шөлкем басшылары қатнасты. Оларға Өзбекстан кәсиплик аўқамы Федерациясы VIII Қуралтайында қабыл етилген Өзбекстан кәсиплик аўқамы Федерациясы жумыс искерлигиниң 2021-2025-жылларға мөлшерленген стратегиялық жөнелислери кең түсиндирилди. Онда ис бериўшилер тәрепинен хызметкерлер ушын мүнәсип мийнет шараятларының жаратылыўы ҳәм оған әмел етилиўи үстинен кәсиплик аўқамларының жәмәәтшилик қадағалаўын раўажландырыў ҳәмде жетилистириў, усы жөнелисте алдынғы тәжирийбелерди үйрениў, хызметкерлердиң мийнет ҳақыларының өз ўақтында төлениўиниң, жумыс бериўшилер тәрепинен мийнетке ҳақ төлеўдиң ен кем муғдарына әмел етилиўиниң қадағалаўын алып барыў, кәсиплик аўқамларының “2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасының раўажландырыўдың бес тийкарғы жөнеиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы”н әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик дәстүрде белсене қатнасыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.
Илажда сондай-ақ, кәсиплик аўқамлары шөлкемлери басшылары, кәсиплик аўқамлары белсендилери менен биргеликде жумысларды шөлкемлестириў мақсетке муўапықлығы атап өтилди ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамы комитети басшысының ағзаларының тәжирийбелерин асырыў, жәмәәтти ҳәрекетке келтирип шөлкемлестириўшилик қабилетлерин жүзеге шығарыў бойынша усыныслар берилди.
Оқыў-семинар қатнасыўшылары илаж барысында Мойнақ райоында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен танысты ҳәм Ҳәким ата қойымшылығын зиярат етти.
Бирлеспе Кеңеси аппараты бөлим менгериўшилери тәрепинен кәсиплик аўқам жөнелислери бйынша теориялық ҳәм әмелий шынығыўлар өткерилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: