Өзбекстан транспорт жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республика кеңесинде өзгерислер ҳәм қосымшалар менен жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша 2023-жыл 30-апрель күни болып өтетуғын улыўма халықлық референдум ҳәмде Мийнет кодексиниң мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған иләж өткерилди.
Иләжға Өзбекстан транспорт жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Республика Кеңеси бас юристконсульти Лола Нишонова, Қарақалпақстан Республика Кеңеси баслығы Гулмира Палуаниязова ҳәмде басланғаш кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасты.
Қатнасыўшыларға Мийнет Кодексине киритилген өзгерислер ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылып, мийнеткешлерди 2023-жыл 30-апрель күни болып өтетуғын референдумға белсенди қатнасыўға шақырды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: