Қарақалпақстан Республикасында “Инсан қәдири ушын, ел-журт бахты ушын” атамасында 11-ноябрь – “Кәсиплик ауқамлары күни” белгиленди

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 23-ноябрьде Өзбекстан Республикасының ЎРҚ-648-санлы «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди. Оған бола, 11-ноябрь – «Кәсиплик аўқамлары күни» деп белгиленди. Бул жаңалық елимиздеги алты ярым милионнан артық кәсиплик аўқамлары ағзалары тәрепинен жоқары ҳүрмет пенен күтип алынды.

Мәмлекетимиз басшысының мәмлекетлик емес ҳәм коммерцияллық шөлкемлерге, әсиресе, Бас нызамымызда жәмәәтлик бирлеспелери сыпатында атап өтилген кәсиплик аўқамларына болған итибары нәтийжесинде мәмлекетимизде 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни сыпатында кең белгиленип келинбекте.

11-ноябрь – “Кәсиплик ауқамлары күни”н белгилеў шеңберинде ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен “Инсан қәдири ушын, ел-журт бахты ушын!” деген идея астында усы жылдың 7-ноябрь күни Қарақалпақстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында республика басшылары, мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасыўында салтанатлы илаж болып өтти.

Илажға Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслықлары ҳәмде министрлер қатнасты.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 2024-жылдыӊ ис жобасына муўапық сондай-ақ, «Жаслар ҳǝм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» ис-илажларына муўапық кәсиплик аўқамларыныӊ Устав талапларынан келип шығып бир қатар жумыслары ҳаққында айтып өтилди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-марттағы “Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм оларды шешиў дизимин еле де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 145-санлы Қарары тийкарында ҳаял-қызлардың машқалалары “мәҳәллебай” үйренип шығылып, “Ҳаяллар дәптери”н қәлиплестириў бойынша 452 пуқаралар жыйынларында 2020-2024-жылларда 181 952 ҳаялға әмелий жәрдемлер көрсетилип, жағдайын жақсылаўға ерисилди.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен 16 мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқам белсендирлери Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик сыйлығлары менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, “11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» байрамы мүнәсибети менен елимиздиң социал-экономикалық раўажланыўына ҳәм халықтың турмыс дәрежесин асырыўға, мийнеткешлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға ҳәмде олардың саламатлығын тиклеўге, мәденият ҳәм спортты раўажландырыўға қосып атырған салмақлы үлеси  ушын мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқам белсендилерине Ҳүрмет жарлығы ҳәмде саўғалар менен сыйлықланды.

Байрам илǝжи өзгеше рухта болып өтип атыр. Тыныш елге байрамлар жарасады. Мине, неше күнлерден бери кǝсиплик аўқамлары күни республикамыз бойлап кең нышаланып атыр. Бунда ǝлбетте, ҳүрметли Президентимиз басламасының орны бөлек. Бүгинги күнге келип, кǝсиплик аўқамлары халқтын исенимине ерисип атырған буўынға айланды. Қалаберсе, Жаңа Ɵзбекстанда алып барып атырылған ǝдил сиясат ҳалқымызды разы етиўден ибǝрат ҳǝм бул сиясат өзинтолық ақлап атыр, – дейди мийнет ветераны Х.Ермагамбетов.

Илаж көркем-өнер ғайраткери атқарыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.