Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ социаллық-сиясий белсендилигин асырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардыӊ машқалаларын шешиў бойынша кеӊ көлемли жумыслар әмелге асрылып келинбекте ҳәм бул ислерди 2023-жылы да даўам еттириў мақсет етилген.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан Кеӊеси мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасында «Ҳаяллар дәптери» менен ислесиў системасыныӊ 4-басқышын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары Қ.Қырғызалиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығы орынбасары, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова ҳәм кәсиплик аўқамларынан район(қала)ларға бириктирилген ўәкиллер қатнасыўында мәжилис болып өтти. Жыйналысты Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары Қарақалпақстан Кеӊеси баслығы У.Жалменов ашып берди ҳәм алып барды.
Мәжилисте Қ.Қырғызалиев ҳаял-қызлар машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша орынланыўы тийис болған гезектеги ўазыйпалар ҳаққында тоқталып, исленип атырған ҳәр бир ис қалыс ҳәм әшкәра алып барылыўын, шетки аймақларда жасап атырған жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардыӊ итибардан шетте қалмаўы тийислигин айырықша атап өтти.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығы орынбасары, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова ҳәм басқалар сөге шығып, «Ҳаяллар дәптери» менен ислесиў системасыныӊ 4-басқышында нелерге итибар қаратыў ҳаққында және бир мәрте тоқталып өтти, пикир ҳәм усыныслар ортаға тасланып, ўазыйпалар белгилеп алынды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: