Наўрыз улыўма халықлық байрамы Нөкис қаласында кең түрде белгиленди

Наўрыз байрамы – инсаныйлық, мийрим-шәпәәт, мириўбет ҳәм мийнеткеш сыяқлы қәдириятларды өзинде жәмлеген әййемги улыўма халықлық байрамлардан бири болып есапланады.

Усы жылдың 21-март күни Нөкис қаласы «Жаслар орайы» ҳәм «Дослық» каналы бойында «Наўрызды улығлаў – инсанды улығлаў!» деген бас идеясы астында Наўрыз улыўма халықлық байрамына бағышланған салтанат ҳәм халық сейили шөлкемлестирилип, онда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, тараўлық кәсиплик аўқамлары кеңеслери, бирлескен комитет хызметкерлери ҳәм кәсиплик аўқамларының белсендилери қатнасты.

Байрамда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен миллийлигимиздиң тымсалы болған отаў орнатылып, байрамға сай безелип, әтирапында жасы үлкен ҳәм жаслар менен толы болыўы байрам кейпиятын пайда етти. Кең дастурханда бәҳәр өнимлери, миллий тағамлар, ҳәр қыйлы буйымлардың көргизбеси жыйналғанларға усынылды.

Наўрыз – бул әзелий руўхый қәдириятларды, халық дәстүрлерин ҳәм инсаный пазыйлетлерди өзинде жәмлеген байрам болып есапланады. Ол тек ғана Өзбекстанда емес, ал пүткил Орайлық ҳәм Қубла Азияда, Кавказ ҳәм басқа да мәмлекетлерде кеңнен белгиленеди. Наўрыз байрамы әҳмийетин жоғалтпай, келешек әўладқа да илимий тийкарларға ҳәм мәдений мийрасқа бай байрам сыпатында жеткериў – халықтың жуўапкершилиги болып есапланады.