«Өзбекстан кәсиплик аўқамлары – 120 жыл халық пенен»

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы ҳәм «11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» байрамы алдынан бир қатар илажлар өткерилмекте.

Усы жылдың 3-ноябрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы У.Жалменов “Қоңырат сода заводы” ҳәмде “Nukus SSP Texnopark” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң жумысшы-хызметкерлери менен ушырасты ҳәм хызметкерлердиң мийнет шараятлары менен танысты.

Ушырасыўларда кәрханалардың жумыслары талланды, сондай-ақ, жумыс бериўши ҳәм кәсиплик аўқамлары арасындағы социаллық шерикликти беккемлеў, хызметкерлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, мийнет орталығын жақсылаў ҳәм белсенди хызметкерлерди хошаметлеў мәселелери додаланды. Хызметкерлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўде кәсиплик аўқамлары әҳмийетли рол атқарып атырғаны айрықша атап өтилди.

“Nukus SSP Texnopark” ЖШЖда жумысшылар ушын жаратылған шараятлар ҳәм әмелге асырылып атырған социаллық басламалар басқаларға үлги сыпатында атап өтилди. Кәрханада 150 жумысшы турақлы жумыс пенен тәмийинленген болып, олардың дәраматын арттырыў, қосымша мийнет дем алысларын бериў, саламатландырыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм белсенди хызметкерлерди материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў системасы жолға қойылған.

Сондай-ақ, өндирис қуўатлылығын кеңейтиў шеңберинде 36 миллион евроға тең аралас талшықтан жип ийириў линиясы жумыс алып бармақта. Германияның “Truetzschler GmbH & Co.KG” ҳәм Японияның “Murata Machinery LTD” компанияларынан келтирилген заманагөй үскенелер иске қосылған. Жаңа тоқыў цехының қурылысы да даўам етпекте, оның баҳасы 18 миллион евро ҳәм қурылып атырған 11,5 мың квадрат метр майданның 50 пайызы жуўмақланған. Цех иске қосылса, және 400 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Жойбар толық әмелге асырылғаннан соң, кәрхана жылына 50 миллион долларлық өним ислеп шығарады, соннан 15 миллион доллары експортқа бағдарланады, 1200 жаңа жумыс орны жаратылады. Бул Қарақалпақстан санаатының раўажланыўына ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға үлкен үлес қосады.

Ушырасыў соңында мийнетте белсенди ҳәм инталы жумысшы-хызметкерлерге Кәсиплик аўқамларының «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Бундай илажлар мийнет жәмәәтлеринде социаллық орталықты беккемлеў, хызметкерлердиң мийнетине итибар ҳәм ҳүрметти арттырыўға хызмет етпекте.