Бул күн пүткил дүнья балалары ушын ең кеўилли ҳәм қуўанышлы байрам саналады. Әлбетте, балалар бул өмирдиң ажыралмас бөлими, балалар өз күлкилери арқалы инсанлар кеўлинде турмысқа, жасаўға болған қызығыўшылықты пайда етеди.
Дүньяда балалардың күлгиси ҳәм шоқлықларынан да заўықлы нәрсе болмаса керек. Олардың аспанымыз сыяқлы ашық кеўиллерине қараған ҳәр бир инсан турмыс тәшўишлерин умытады. Себеби, перзентлеримиздиң кеўилли ҳәм бахытлы демлерин ҳәмийше көрип жасаў ҳәр бир инсан өмириниң тийкарғы мазмуны.
1 июнь–Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы басшылары, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси хызметкерлери ҳәмде белсенделери Нөкис қаласында жайласқан «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги тәрбияланып атырған балалар ҳалынан хабар алды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Ф.Эрманов ҳәмде Сенатор, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменовлар қатнасып, усы орайда тәрбияланиўшы балаларды байрам менен қутлықлап, оларға естелик саўғалар берилди.
Илаж орай тәрбияланиўшылары атқарыўындағы сахналық көринислери менен даўам етти.
Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен режелестирилген илажлар Республикамыз бойлап даўам етпекте.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: