Балалардың жазғы дем алысын өткериўге белсене қатнасқанлар хошаметленди

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен усы жылдың 5-октябрь күни Қарақалпақстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында быйылғы жазғы балаларды дем алдырыў ҳәм саўаландырыўды шөлкемлестириўшилериниң Әнжуманы өткерилди. Әнжуманда балаларды дем алдырыў ҳәм саўаландырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Муўапықластырыўшы топары ағзалары, тийисли министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлериниң ўәкиллери, балалар дем алыў орайларының басшылары ҳәм хызметкерлери қатнасты.

Әнжуманда Қарақалпақстан Республикалық Муўапықластырыўшы топар баслығының орынбасары, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор У.А.Жалменов сөзге шығып, Республикамыз аймағында 2022-жылы жаз мәўсиминде 11 стационар түрдеги орайларда 7-14 жасына шекемги 7485 бала ҳәмде 69 мәденият ҳәм спорт саўалландырыў майданшаларында 16750 бала қамтып алынғанлығы, соның менен бирге Карақалпақстан Республикасынан 2426 бала Андижан, Бухара, Жиззах, Қашқадарья, Наманган, Наўайы, Сурхандарья, Сырдарья, Ферғана, Ташкент ҳәмде Хорезм ўалаятларындағы стационар түрдеги орайларда бийпул саўалландырылғанлығы ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Илажда быйылғы жылғы номинация жеңимпазлары хошаметленди.

Атап айтқанда,  Мойнақ районында жайласқан “Ақ кеме” балалар дем алыў орайы жәмәәти “Ең жақсы дем алыў орайы-2022”, Елликқала районында жайласқан “Арал балалары” орайы баслығы Алламбергенов Рашид «Ең жақсы балалар дем алыс орайы баслығы», Беруний районында жайласқан “Роҳат” орайы баслығы Мамутов Шукурулло “Ең жақсы жуўаплы шөлкемлестириўши”, Тақыятас районында жайласқан “Айдын жол” орайының баслығы Жуманазаров Бекмурат “Ең белсене бирге ислесиўши орай баслығы”, «ϴзбекстан темир жоллары» АЖ басқарыў баслығы Хасилов Хуснутдин “Ең жақсы бирге ислеўши шөлкем”, “Ақ кеме” орайының тәрбияшысы Кошерова Абадан “Ең ғамхор тәрбияшысы”, Төрткүл районында жайласқан “Лочин” орайының жетекшиси Зарипова Азиза Умирбек кизи «Ең белсенди жетекши», “Арал балалары” орайының спорт шынықтырыўшысы Курбанов  Ихтияр «Ең жақсы спорт шынықтырыўшысы», – Нөкис қаласында жайласқан “Туран” орайының дөгерек басшысы Якупова Айсулыў «Ең шебер дөгерек басшысы», “Айдын жол” орайының аспазы Абдуллаев Алишер “Ең жақсы аспаз”, Төрткүл районы ҳәкими Шамуратов Рустам Азатович “Ең жанкүйер ҳәким” ҳәм «Нукус лада транс» ЖШЖ баслығы Уразымбетов Исламбек “Жаз мәўсимин шөлкемлестириўде белсендилик көрсетип бирге ислескен шөлкем” номинациялары бойынша жеңимпазлар деп табылып Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлары тапсырылды.

Балаларды дем алдырыў ҳәм саўаландырыў мәўсиминиң барысында жақыннан жәрдем бергени ушын Беруний районы Халық билимлендириў бөлими методисти Юсупова Улбосын, ҚР қорғаў басқармасы Нөкис қалалар ара қорғаў бөлими қатардағы хызметкери Жолдасбаев Бердақ, Нөкис қаласында жайласқан «Туран» орайы директоры Кадыров Ренат, Нөкис қаласында жайласқан «Арал» орайы директоры Торебаева Перуза ҳәмде Төрткүл районында жайласқан «Лочин» орайы директоры Сабуров Рашид Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң “Ҳүрмет Жарлығы” менен сыйлықланды.

Илаж даўамында белгили көркем-өнер ғайреткерлери ҳәм жас талантлылар тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.