Меҳирге толы салтанатлы илаж

Өзбекстан Республикасында соңғы бес жылда имканияты шекленген шахслар, сондай-ақ, көзи әззи пуқарадарды мәнзилли социаллық қорғаў, оларға социаллық жәрдем көрсетиў ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 5-апрельдеги 65-санлы баянламасының қарары менен «Өзбекстан көзи әззилер жәмийети шөлкемлестирилгиниң 90 жыллығын өткериў ҳәм көзи әззи пуқараларды қоллап-қуўатлаў бойынша ис-илажлар жобасы»на муўапық Қарақалпақстан Республикасында бул сәнени мүнәсип белгилеў, көзи әззилер жәмийети, оған қараслы кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнет етип атырған шахсларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2022-жыл 24-июнь күни Қарақалпақстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан көзи әззилер жәмийетиниң 90 жыллығы ҳәм Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң 85 жыллығына бағышланған мәдений кеше болып өтти.

Мәдений кешеде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, Сенатор У.Жалменов қатнасып Өзбекстан көзи әззилер жәмийетиниң 90 жыллығы ҳәм Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң 85 жыллығы менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығының атынан ҳәмде Қарақалпақстан Кеңеси жәмәәти атынан бәршени шын жүректен қутлықлады.

Соның менен бирге, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң 85 жыллығы мүнәсибети менен тараўда узақ жыллардан берли жемисли мийнет етип киятырған пидайы хызметкерлер Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң «Ҳүрмет Жарлығы» ҳәм пул сыйлығы менен хошаметленди.