“Жаңа Өзбекстанды өзимиз, өз қолларымыз бенен қурамыз!” сүрени астында республикалық эсселер таңлаўының жеңимпазы анықланды

Усы жыл 24-27 май күнлери Ташкент қаласындаэсселер таңлаўының Республикалық басқышы өткерилип, бунда барлық жоқары оқыў орынларынан қатнасқан 250 мың оқыўшылар арасынан 42 оқыўшы жаслар «Жаңа Өзбекстанды өзимиз, өз қолларымыз бенен қурамыз!» атамасындаөз дөретиўшилик қәбилетлерин жазба түрде сынаўдан өткерди.

Таңлаў жуўмағы бойынша Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 1-курс студенти Гаппарова Гулёр Улуғбековна биринши орынды ийеледи.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен жеңимпаз 30 миллион сўм менен хошаметленди ҳәм оның устазы Пирназаров Нурназарға ноутбук тапсырылды.