Усы жылдың 11-март күни «Үстирт ҚББ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде 2021-жыл жәмәәтлик шәртнаманың орынланыў жуўмақларына бағышланған улыўма жыйналысы болып өтти.
Жыйналыста 2021-жылда жәмәәтлик шәртнаманың орынланыўы бойынша кәрхана директоры А.Сейтмуратов, кәсиплик аўқамы комитети баслығы У.Зиватдинов ҳәм тексериў комиссияси ағзасы А.Өтебаевлардың есабатлары тыңланды.
2021-жыл жаз мәўсиминде кәрханада ислеўши хызметкерлердиң 45 перзенти “Ақ-кеме” ҳәм “Лочин” жазғы дем-алыў лагеринде саўалландырылды.
Социаллық қамсызландырыў қоры есабынан 6 ислеўши хызметкерге 7 млн. 477.2 мың сўмға хәм кәсиплик аўқам бюджети есабынан 11 ислеўши хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары 29 млн. 105 мың сўмға санаторийларда жеңилликли саўалландырылды.
«Касаба сайр» ЖШЖ ҳәм «Мавлюда» жеке меншик туристлик фирмасы менен биргеликде 2021-жыл даўамында 50 хызметкердиң Республикамыздағы тарыйхый қалаларына сондай-ақ 130 хызметкерлердиң Қарақалпақстан Республикасындағы дыққатқа ылайық орынларына саяхатлары шөлкемлестирилди ҳәм бул мақсетлер ушын кәсиплик аўқам комитети тәрепинен 105 млн. 544 мың сўм қаржы ажыратылды.
Жыйналыста Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы орынбасары М.Данияров сөзге шығып бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, сондай-ақ кәсиплик аўқамлары тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәмде алдағы турған уазыйпалар ҳаққында айтып өтти.
Жыйналыс соңында жыйналыс қатнасыўшылары арасында өз-ара пикир алмасыў, сораў-жуўаплар, усыныслар ҳәм сәўбетлесиўлер болып өтти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: