Байрам илажы өткерилди

Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен пайтахтымыздағы пайызлы орынларының биринде 11-ноябр – “Өзбекстан кəсиплик аўқамлары күни”, сондай-ақ, Өзбекстан кəсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы мүнəсибети менен салтанатлы байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Байрам кешесине Өзбекстан Кəсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Улықбек Абылаевич Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министириниң биринши орынбасары Айбек Умирбекович Даўлетбаев, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Рустам Абдурахимович Абдурахманов ҳәм тараўлық кəсиплик аўқамының белсендилери қатнасты.

Дəслеп, илажды Өзбекстан Кəсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ашып берди.

Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде кəсиплик аўқамларының жəмийетимиз турмысындағы орны, хызметкерлердиң мəплерин қорғаўдағы жуўапкершилиги ҳəм инсан қəдири үстин болған Жаңа Өзбекстанның раўажланыўында бул системаның тутқан орны ҳаққында сөз етти. Сондай-ақ, барлық кəсиплик аўқамы ағзаларын, мийнет жəмəəтлерин 11-ноябр – «Өзбекстан кəсиплик аўқамлары күни» байрамы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министириниң биринши орынбасары А.Даўлетбаев шығып сөйлеп, мəмлекетимизде кəсиплик аўқамларының 120 жыллық тарийхында ерисилген жетискенликлер, хызметкерлердиң ҳуқықый, социаллық ҳəм экономикалық мəплерин қорғаўдағы жумысларға ҳəр тəреплеме тоқтап өтти. Ол иләж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, олардың пидəкерлик мийнетине жоқары баҳа берди. Сондай-ақ, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Р.Абдурахманов шығып сөйлеп, тараў хызметкерлерин байрам менен қызғын қутлықлап, алдағы жумысларында тасқын табыслар тиледи,

Байрам кешеси даўамында бир қатар тараў пидайылары Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары «Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси, Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги «Ҳүрмет жарлығы», Өзбекстан Кəсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы», Нөкис қаласы ҳәкими «Ҳүрмет жарлығы», Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминиң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды. Сондай-ақ, байрамға арнап тараўлық басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми баслықлары арасында өткерилген «Ең белсенди басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми баслығы» көрик-таңлаўының жеңимпазлары диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Байрам кешесинде қатнасыўшыларға көркем-өнер хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилип байрамға шырай бағышлады.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар елимизде мийнеткеш инсанларға болған ҳүрмет, олардың мəплерин қорғаў системасының барған сайын жетилисип атырғанын атап өтип, кəсиплик аўқамлары ҳəрекети келешекте де жəмийетлик турмыста əҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.