“КЕЎИЛЛИ СТАРТЛАР” спорт жарысы өткерилди

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы, 11-ноябрь “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсибети менен Нөкис қалалық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде мийнет етип атырған хызметкерлер арасында “КЕЎИЛЛИ СТАРТЛАР” спорт жарысы Нөкис қаласы 31-санлы айрым пәнлерге қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеби спорт базасында өткерилди.

Қызғын тартыс ҳәм өз-ара келисимсиз гүреслер астында өткен жарыс хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын жәнеде арттырып, олардың жениске болған тилегин беккемледи. Барлық қатнасыўшылар жарыста жеңимпаз болыў ушын жуўапкершилик пенен ҳәрекет етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлықты қолға киргизген команда ағзаларына Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.