“Саламатлық спартакиадасы” спорт жарыслары өткерилди

Республикамыздың барлық аймақларында халықтың кең қатламлары арасында Ғәрезсизлик байрамына бағышлап, “Жаңа Өзбекистанда ел әзиз, инсан әзиз” деген бас идеясын өзинде жәмлеген мәдений илажлар, ашық сәўбетлер, әдебий кешелер ҳәмде спорт жарыслары шөлкемлестирилип келинбекте.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясиясының Қарақалпақстан Кеңеси ҳәмде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясиясының Дене-тәрбия ҳәм спорт жумыслары басқармасы менен биргеликте мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы алдынан кәсиплик аўқамларына ағза кәрхана ҳәм шөлкемлериниң жумысшы хызметкерлери арасында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде спорттың стритбол, валейбол, банминтон ҳәм стол тенниси түрлери бойынша “Саламатлық спартакиадасы” спорт жарыслары өткерилди.

Илажда Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилери ҳәмде тийисли шөлкемлер қатнасып, жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи. Спорт жарысларына тараўлардан сайланды 9 командадан 135 тен артық ислеўшилер қатнасты.

Күн даўамында спорт жарыслары қызғын өтип ҳәм тәжирийбели төрешилер тәрепинен биринши орын Өзбекстан маденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўлық командасы, екинши орын Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўлық командасы, үшинши орынды Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўлық командасы жеңимпаз деп табылды.

Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен тараўлар арасында улыўма камандалық есапта 1-,2- ҳәм 3-орынларды ийелегенлер ҳәмде қалған қатнасыўшылар ушын дипломлар ҳәм саўғалар берилди сондай-ақ, тараўлар арасында ең жоқары балл топлап 1-орынды ийелеген каманда Самарқанд ўалаятында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.