Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған илаж

Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Респубикалық Кеңеси тәрепинен 9 май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» байрамы мүнәсибети менен халықтың саламатлығы жолында өзлериниң өмирин аямастан қурбан болған медицина хызметкерлерин еске алыў, олардың шаңарақ ағзаларынан хабар алыў, сондай-ақ көп жыллар даўамында усы салада пидәкерлик пенен мийнет еткен, ҳәзирде напақада болған мийнет ветеранлары ҳәм де тараў кәсиплик аўқамының белсенделерин қәдирлеў, олардың мийнетлерин кең жәмийетшиликке жеткериўге қаратылған акция өткерилиўи жолға қойылған.

Акция шеңберинде усы жылдың 6-май күни Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен көп жыллар даўамында денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлериниң социаллық-экономикалық ҳәм мийнет ҳуқықларын қорғаўда мийнет еткен ҳәм ҳәзирде напақада болған, сондай-ақ өзлериниң тийкарғы қәнигелиги бойынша жумыс ислеп атырған кәсиплик аўқам белсендилериниң мийнетлерин атап өтиў ҳәм қәдирлеў мақсетинде байрам илажы өткерилди.

Өткерилген байрам илажына тараў мәкемелери кәсиплик аўқам комитетлеринде ислеп кеткен кәсиплик аўқам белсендилери ҳәм мийнет ветеранлары мирәт етилди.

Байрам илажында сөзге шыққан Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Л.Байбосыновалар кәсиплик аўқамы белсендилерин байрам менен қутлықлап, олардың кәсиплик аўқамларындағы көп жыллық мийнетлерин атап өтип, жоқары турыўшы кәсиплик аўқамлары тәрепинен олардың еткен мийнетлери баҳалаў мақсетинде алып барылып атырған жумыслар ҳақкында айтып өтип, кәсиплик аўқам белсендилерине Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Респубикалық Кеңеси тәрепинен таярланған 17 Қәдирнамаларды, сондай-ақ Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған баҳалы саўғаларды салтанатлы рәўиште тапсырды.

Өз нәўбетинде сөзге шыққан кәсиплик аўқам белсендилери көрсетилип атырған иззет-хүрметке өзлериниң миннетдаршылықларын билдирип өтти.

Байрам илажы соңында кәсиплик аўқам белмендилерине байрам дәстүрханы шөлкемлестирилди.

Усы илажлар менен бир қатарда орынларда мәкеме кәсиплик аўқам комитетлериниң жумыс бериўшилер менен биргеликте 9 май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған 72 Яднама тараўда нәтийжели жумыс ислеп, қайтыс болған хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларына, сондай-ақ усы салада көп жыллар ислеген ҳәм ҳәзирде напақада болған ветеранларға 115 Қәдирнамалар, ҳәм де көп жыллар даўамында хызметкерлердиң социаллық-экономикалық ҳәм мийнет ҳуқықларын қорғап келген кәсиплик аўқам белсендилерине 12 Қәдирнамалар ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар тапсырылды.