“Ҳаялды қәдирлеў – жақсылық ҳәм әдиллик дереги” деген идеясы астында өткерилетуғын “Ҳаял-қызларды қәдирлеў ҳәптелиги”нде тараўлық кәсиплик аўқамлары тәрепинен 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен “Спорт жарасықлы ҳәм саламатлық дереги” сүрени астында ҳаял-қызлар арасында бир қатар спорт илажлары шөлкемлестирилмекте.
Атап айтқанда барлық тараўларда жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар арасында спорттың валейбол, шахмат, шашка, дартс ҳәм стол тенниси, стритбол түрлери бойынша жарыслар өткерилмекте. Жарысларда жәми 2285 тен артық ҳаял-қызлар қатнасып, жеңимпазлар димлом ҳәм эстелик саўғалар менен сыйлықланды.
Ҳүкиметимиз тәрепинен илгери сүрилип атырған барлық тараўлардағы раўажланыўларды даўамлы әмелге асырыўға, Ўатанымыз раўажланыўы, турмысымыз тынышлығы ҳәм халқымыз пәраўанлығын жәнеде жоқарылатыўға, түрли тараў системасында нәтийжели жумыс алып барып атырған ҳәмде шаңарақ беккемлигин тәмийинлеўде өз үлесин қосып киятырған белсенди ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды қәдирлеў, ҳошаметлеў, үлгили кәсиплик маманлығы менен бәршеге өрнек болған мийнет ветеранларын сыйлықлаў сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақлардың ҳалынан хабар алыў мақсетинде тараўлық кәсиплик аўқамлары тәрепинен жәми 154 ҳаялларға қымбат баҳалы саўғалар ҳәмде азық-аўқам өнимлери тапсырылды.
Сондай-ақ, байрам мүнәсибети менен ден саўлықты сақлаў тараўында белсенди мийнет етип атырған 3 хызметкерге ден саўлығын беккемлеў ушын санаторийларға бийпул жолламалар берилди.
Байрам илажлары даўам етпекте.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: