Мийнетти қорғаў саласына байланыслы өзгерислер бойынша семинар шөлкемлестирилди

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң басламасы менен «Ҳудудгаз Қарқалпақстан» газ тәмийнаты филиалында жуўаплы шөлкемлестириўшилери ҳәмде мийнетти қорғаў бойынша ўәкиллер қатынасында болып өтти.

Семинарда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федератцясының Қарақалпақстан Кеңеси Мийнет техник инспекторы Б.Утепбергенов ҳәмде Мийнетти қорғаў бойынша жетекси қәнигеси С.Оразымбетовлар қатынасып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 24-декабрьдағы 819-санлы қарарының мазмуны, онда тастыйықланған нызам қағыйдалары ҳәмде усы қарардағы талаплардың түсиндирмелерин терең аңлаған ҳалда әмелде қоллаў тәртиби ҳаққында толық түсиниклер берип өтти.