Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Қонституциялық нызамы жойбарының улыўмахалықлық додалаўы шеңберинде Қарақалпақстан Кеңеси қурамындағы кәсиплик аўқамы белсендилери қатнасында дөгерек сәўбети өткизилди.
Дөгерек сәўбетинде Президентимиздиң «Инсан қәдири ушын» идеясын ҳәмде «Инсан – жәмийет – мәмлекет» деген методологиялық жантасыўды Конституциямиздың мазмун-мәнисине терең сиңдириў лазымлығы айрықша атап өтилип, “Әдил пуқаралық жәмийнети” ҳәм “Өзбекстан ҳуқықый мәмлекет” мәселелери ҳәмде 2 тарыйхый баслама – Конституциялық нызам жойбарын улыўмахалықлық додалаўдан өткизиў ҳәмде Конституциялық нызам жойбарын референдум жолы менен қабыл етиў басламалары илгери сүрилгенлиги айрықша атап өтилип, бул дөгерек сәўбет арқалы орынларда мийнет жәмәәтлери арасында үгит нәсият жумысларын алып барыў бойынша тапсырмалар ҳәмде конституциялық нызамның мазмун-мәнисин ашып бериў бойынша усыныслар берилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: