Кәсиплик аўқамға қалай ағза болыў мүмкин?


Кәсиплик аўқамға ағза болыў жүдә аңсат.

Егер сиз мийнет етип атырған кәрхана,  шөлкем,  мекемелерде кәсиплик аўқамы шөлкеми дүзилген болса,  кәсиплик аўқамы комитети (кәсиплик аўқамы шөлкемлестириўшиси)не арза менен мүрәжәәт етиң.

Кәсиплик аўқамы комитети (кәсиплик аўқамы шөлкеминиң улыўма жийналысы) арзаңызды көрип шығып,  сизди ағзалыққа қабыл етиў ҳаққында қарар қабыл қылады ҳәм сизге бирден-бир үлгидеги ағзалық билети бериледи.

Кәсиплик аўқамы ағзалыққа қабыл етиў сәнеси тийисли қарар қабыл қылынғаннан баслап есапланады.

Егер сиз ағзалыққа қабыл қылынғаннан соң бир тармақ системасындағы кәрхана,  шөлкемнен басқа тармақ системасындағы кәрхана иске,  тийислисинше бир тармақ кәсиплик аўқамынан басқа тармақ кәсиплик аўқамына өтсеңиз,  мийнет жолыңызды ўақтынша ямаса улыўма тоқтатсаңыз,  кәсиплик аўқамы шөлкеми менен байланысты үзбеў ҳәм ағзалық төлемлерин төлеп турыў шәрти менен,  кәсиплик аўқамына ағзалығыңыз сақлап қалынады.

Кәсиплик аўқамы ағзасы:

кәсиплик аўқамларынан бийпул ҳуқықый жәрдем алыў,  мәмлекет,  суд ҳәм мүлк көринисинен қәтий нәзер,  хожалық органларында мийнет мүнәсибетлерге байланыслы мәселелер бойынша кәсиплик аўқамларының қорғаўында болыў;

кәсиплик аўқам органларына сайлаў ҳәм сайланыў,  жоқары кәсиплик аўқамлары органларына мүрәжәәт етиў;

кәсиплик аўқамлары тәрепинен шөлкемлестирилетуғын тәдбирлеринде қатнасыў,  өз пикирин ерин баян етиў,  өз жумысына байланыслы маселелер көрилип атырған мәжилис,  жыйналыс ямаса конференцияларда қатнасыў;

кәсиплик аўқамлары қурамындағы санаторий ҳәм дем алыў орынларында өз саўлықларин тиклеў,  перзентлерин дем алыў орайларында дем алдырыў бойынша жеңиллетилген жолламалар алыў,  кәсиплик аўқамларының мәденият мекемелери ҳәм спорт майданларынан пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Сондай-ақ,  Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы ҳәмде тараў кәсиплик аўқамларының Уставларына әмел етиў,  кәсиплик аўқамы органлары қарарларының,  жәмәәт шәртнамалары ҳәм келисиўлериниң орынланыўына көмеклесиў,  кәсиплик аўқамлары жумысларында актив түрде қатнасыў кәсиплик аўқамы ағзасының ўазыйпасы есапланады.